Пуқаралык ислери бойынша Шымбай районларара судының суд буйрығына тийкар, карыздар Т.Б.дан өндириўши А.Нуримбетованың пайдасына тәрбиясындағы еки перзентиниң тәмийнаты ушын алимент өндириў белгиленген болып усы орынлаў ҳүжжети Бюроның Кегейли районы бөлими ис жүритиўине 2020-жыл 21-август күни келип түскен ҳәм тийисли тәртипте орынлаў өндириси қозғатылған.Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында, қарыздар алимент мәжбүрияты ҳаққында ескертилип, өндирис оның фермер хожалығында жумыс ислеп атырғанлығы себепли, ис ҳақысына қаратылған ҳәм усы күнге шекем айма-ай, толық төленип келинген.
Орынлаў барысында, алиментлерди алдыннан толеў, сондай-ақ, гиреў шәртнамасын дүзиў шәртлери ҳаққындағы Министрлер Кабинетиниң 808-санлы қарары талаплары қарыздарға түсинтирилгенде, алиментши тәрепинен өзине тийисли болған үйди өндириўши, алдынғы ҳаялының атына өткерип бериў нийетин билдирген.
Усы себепли, мәмлекетлик орынлаўшылар тәрепинен ҳуқықый түсинтириў жумыслары алып барылды ҳәмде қысқа мүддет ишинде қарыздар тәрепинен района аймағындағы үйин алимент орнына алдынғы ҳаялының атына өткерип берди.
Орынлаў ҳүжжети болса, өндириўшиниң алименттен ўаз кешиў илтимаснамасына бола судқа қысқартыў ушын жиберилди.
