
Бул ҳаққында “Ўзбекнефтгаз” АЖ Баспасөз хызмети хабарлады.
"Ўзбекнефтгаз” АЖға тийисли АЁҚШларда соңғы күнлерде бензин дефицитлиги гүзетилгени себепли интернет социал тармақларында сын көзқарастан додалаўлар болды, деп айтып өтилди хабарда.
Хабар берилиўине қарағанда, бензин дефицитлигин алдын алыў ушын “Ўзбекнефтгаз” АЖ ҳәм “Товар хомашё биржаси” АЖ шериклигинде илаж ислеп шығылған.
Нәтийжеде “Ўзбекнефтгаз” АЖға қараўлы АЁҚШларда 26 ноябрь күнинен баслап саат 20:00 ден берли “АЙ-80” маркалы бензин 6890 сўмнан сатыўға шығарылатуғын болды.
Республика аймағындағы “Ўзбекнефтгаз” АЖның барлық АЁҚШларда бензин болыўы тәмийинленеди.
