Америка Саўда палатасы АҚШ рәсмийлеринен Россияның "Sputnik C" вакциналарын тән алыўды, мәмлекетте бул препаратдан пайдаланыўға рухсат бериўди сорады.Бул ҳаққында Америка Саўда палатасы басшысы Алексис Родзянко "Известия" баспасөзине хабар берди.
Оның айтыўына қарағанда, Россиядан АҚШқа саяхат қылыў ушын виза, ЖДСШ ямаса АҚШ тәрепинен тастыйықланған вакцина менен емленыў керек. Усы себепли АҚШ ҳүкиметине "Sputnik V" препаратын да тән алыў сораўы жиберилген.
Россия Денсаўлықты сақлаў министрлиги Москва ҳәм Вашингтон ортасында октябрь айы басында бул мәселеге тийисли додалаўлар болып өткенин хабарлады.
Атап айтқанда, 2 октябрь күни Женевада Россия Ден саўлықты сақлаў министри Михаил Мурашко АҚШ делегацияси менен өз-ара келисип, коронавирусқа қарсы емленгени хаққындағы сертификатларды өз-ара тән алыў мәселесин додалаған.
Россия Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабарына көре, Россия - Америка мүнасәбетлериниң өз-ара раўажланыўы фонында АҚШ Денсаўлықты сақлаў ҳәм халыққа хызмет көрсетиў департаментине коронавирусқа қарсы профилактикалық емлеў бойынша ҳүжжетлерди тән алыў мүмкиншилигин көрип шығыў ҳәм сертификатларды өз-ара тән алыў механизимин ислеп шығыў усынысы менен хат жиберилген.
