logo

Хожелиши әке алдыннан 100 млн. сўм алимент пулын төлеп берди

Мәжбүрий орынлаў бюросы Хожели районы бөлими ис жүритиўинде, Нөкис районларар судының 30.01.2019-жылғы қарыздар Г.И.дан М.Н.ның пайдасына ер жетпеген еки перзентиниң материаллық тәмийнаты ушын қарыздардың ис ҳақысы ҳәм басқа дәраматларының 1/3 бөлеги муғдарында алимент өндириў ҳаққындағы орынлаў хүжжети бар болып, бул бойынша келип түскен күннен тийисли тәртипте орынлаў иси жүритиўи қозғатылған.

Мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери даўамында, усы жылдың июль айына шекем еки перзентиниң алимент пуллары қарыздардан айма-ай толық өндирип келинген.

Алып барылған түсиник ислери нәтийжесинде, алдынғы ерли-зайыплылар өз-ара келисимге келип, 2008 ҳәм 2010-жыллары туўылған перзентлерине арналған алимент пулларын алдыннан, яғный 100 млн. сўм пулларын нақ төлеп берди.

Усы себепли ҳәм өндириўшиниң илтимаснамасына тийкар, орынлаў ҳүжжети бойынша тийисли ҳүжжетлер топланып судқа жиберилди.

Соңғы жаңалықлар