logo

27-ноябрь – Бердақ Ғарғабай улы дүньяға келген күн

27-ноябрь елимизде қарақалпақ классик шайыры, өз қосықларында бәрқулла халықтың ғам-тәшўишлерин жырлаған, бахытлы турмысты әрман еткен уллы сөз сезгери Бердақ (Бердимурат) Ғарғабай улы дүньяға келген күн сыпатында кең түрде белгиленеди.

Сиз сүўретте көрип турған 1977-жыл 28-июнь күни шығарылған тарийхый ҳүжжетте Нөкис қаласында Бердақ Ғарғабай улының естелигин орнатыў ҳаққында сөз етилген.

Бул тарийхый ҳүжжет Қарақалпақстан Республикасы Орайлық Мәмлекетлик архив фонды (фонд №Р-322)нда сақланбақта.

Дерек: Karinform.uz

Соңғы жаңалықлар