logo

Қанлыкөлде кем тәмийинленген шаңарақлар ушын турақ жай пайдаланыўға тапсырылды

26-ноябрь күни Қанлыкөл районы «Қанлыкөл» АПЖ аймағындағы 20 хожалыққа мөлшерленген турақ жай өз ийелерине тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, «Ўзбекнефтьгаз» АЖ ўәкили О.Сагдиев, район ҳәкими А.Ибрагимов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде кем тәмийинленген, өзгениң жәрдемине мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.

Аймақтағы аўыллық шыпакерлик поликлиникасының бос турған ески имаратын турақ жайға бейимлестириў мақсетинде «Ўзбекнефтьгаз» АЖ қаржылары есабынан 1 млрд 620 млн сумнан артық қаржы есабынан реконструкция жумыслары әмелге асырылды.

Имарат 2 қабатлы, 20 хожалыққа мөлшерленген болып, барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар