logo

120 метр аралықта 20 белги орнатылғаны мәлим болды

Социал тармақта «Бул не енди? 120 метр аралықта 20 белги орнатылған» темасы астындағы видео тарқалды.

Видеода Чиноз районындағы ишки жолда 5. 16. 1,5. 16. 2. «Пиядалар өтиў» белгилери жүдә қысқа аралықларда, белгиленбеген орынларға, надурыс орнатылғанлығы саўлеленген.

«Усы жол қурылысы даўамында белгилерди орнатыў жумыслары Ташкент ўәлаяты ИИББ жуўапкерлери менен келисилмегенлиги, буның нәтийжесинде белгилер надурыс орнатылғанлығы мәлим болды.

Бул қәтелик жөнге салыў, әмелдеги тәртипке көре жолды белги ҳәм сызықлар менен үскенелеў жумыслары әмелге асырылып атыр», деп хабар берди расмий жуўапта.

Соңғы жаңалықлар