logo

Паркентта 8 жыл алдын дерексиз жойтылған қыздың өли денеси таўылды

Ташкент ўәлаяты Паркент районында жайласқан атыз үйлердиң бириниң жер төлесинен буннан 8 жыл бурын дерексиз жойтылған қыздың өли денеси таўылды. Бул ҳаққында Ташкент қаласы ИИББ хабар бермекте.

18 жасқа толмаған Н. соңғы рет 2012 жыл 25 сентябрь күни Шайхонтоҳур районында жайласқан гоне жўва базарында өгей әкеси, яғный анасынан 9 жас киши болған, анасы менен некеде болған С. шақырғаны себепли оның алдына барған ҳәм үйине қайтып келмеген.

Н. ңың жақынлары сол ўақытқа шекем қызды излеп ИИО ҳәм прокуратураға арза менен мүрәжат етип келген. Бул адам өлтириўшилик 1984 жылда Сурхандәряьда туўылған Т. С. тәрепинен әмелге асырылғаны анықланған.

Мәлим болыўыша, Т.С. Н.ның мойын бөлегинен простыня менен буўып, оның көз жумғанына исеним пайда болғаннан соң, өликти атыз үйдиң жер төлесине көмип жиберген.

Бул жағдай бойынша адам өлтириўшиликти әмелге асырған шахс жынаят кодексиниң 97-статясы 2-бөлемм (жуўапкерликти аўырластырылған жағдайларда көз көреки адам өлтириў) менен Ташкент ўәлаяты суды тәрепинен 20 жылдан артық мүддетке еркинен айырылыў жазасы тайынланады.

Соңғы жаңалықлар