logo

Хожелиде 381,2 млн. сумлық бюджет ақшаын өзлестирген ҳәмелдарлар анықланды

Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментиниң Хожели район бөлими тәрепинен өткерилген тергеўге шекем тексериўде, район аймағында жайласқан Республика көп тармақлы балалар көркем санаториясы ҳәм “М.Т” МШЖ басшысы “Ж.А” алдынан тил бириктирип, бул көркем санаторияға шәртнамада көрсетилген «MODERN» дизайндағы ҳәр түрлы өлшемдеги 600,0 млн. сўм пул қаржларына арзан хархлардағы 3 түрдеги 218,8 млн. сўмлық этекетлери болмаған гилемлер жеткерип берилип, жәми 381, 2 млн. сўм бюджет қаржыларын талан-тараж еткенлиги анықланды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 167-статясы 3-бөлеги “а”, банди ҳәм 209-статьясы 1-бөлеги менен жынаят ис қозғатылды ҳәм тергеў ҳәрекетлери алып барылып, суд тәрепинен айыплы шахслар жазаға тартылды ҳәм де 381,2 млн. сумлық бюджетке келтирилген зыян өндирилиўин тәмийинленди.

Хожели районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Соңғы жаңалықлар