logo

Қараөзекте қәлбеки алкоголь өнимин сатыўға шығармақшы болған пуқара усланды

Өзбекстан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Департаменттың Қараөзек районлық бөлими тәрепинен ИИБ хызметкерлери менен өткерилген оператив илажда, пуқара И.Қ. пуқара Г.ға қәлбеки акциз маркалар менен таярланған 95 “Қаратаў” атлы алкоголь өнимин 2,9 млн сўмға сатқан ўақтында дәлиллер менен усланған.

Бул жағдай бойынша Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 186-1-статьясы (этил спирти, алкоголлы өним ҳәм темеки өнимин нызамға қарсы түрде ислеп шығарыў ямаса қатнасқа киргизиў) ҳәм 176-статьясы (қәлбеки пул, акциз маркасы ямаса қымбат баҳалы қағазлар ислеў, оларды өткериў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти

Соңғы жаңалықлар