Өзбекстанда ҳайўанларға аяўсыз қатнаста болғаны ушын алты айға еркинен айрылыўы мүмкин болған статья күшке кирди.26-ноябрьден баслап ҳайўанларға аяўсыз қатнаста болыў, оның жарақатланыўы ямаса өлимине себепши болғаны ушын 25 есесинен 50 есесине шекем жарийма (6,7 миллион сумнан 13,5 миллион сумға шекем) жәмийетлик дүзетиў жумыслары (240 саатқа шекем), сондай-ақ, азатлықты шеклеў ямаса алты айға еркинен айырыў менен жазаланады.
Сондай-ақ, Жынаят кодексиниң 202-1 (ҳайўанларға аяўсыз қатнаста болыў) күшке кирди, ол ҳәкимшилик жаза қолланылғаннан соң ҳуқықбузар өз-өзинен жуўмақ шығармаған ҳәм және нызамға қарсы ҳәрекетке қол урған болса, қолланылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
