Халық тәлими министри Бахтиёр Саидов үш ўәлаят сапарынан соң , өзиниң Телеграм каналында жуўмақлары менен бөлисти.«Өткен ҳәптеде министрлик ўәкиллеринен ибәрат жумысшы топар менен биргеликте 3 ўәлаятта болдық. Мектеплердиң шараятларын үйрендик. Туўрысы, жағдай қанаатландырарлы емес. Өкиниш пенен айтамыз, мектеплеримизде тәлим сапасын жақсылаў ушын жүдә үлкен ҳәм көп жумыслар ислеўимиз керек», — деди ол.
Усы орында пән оқытыўшыларының билим ҳәм дәрежесин асырыў кереклигине итибар қаратқан. «Айырым оқытыўшылар менен сәўбетлестим, өкиниш пенен айтамыз, ҳәтте өз пәни бойынша әпиўайы сораўға да жуўапты билмеген оқытыўшылар бар екен», — деди министр.
«Дурыс, мектепте шараят жоқ дерсиз, бирақ оқытыўшы сол жерде ўақытын өткерип отырыпты-ғо, жанкүйерлик болмаса не қылады бул кәсипти таңлап? Оның қолында инсан тәғдири жатыр!», — дейди Бахтиёр Саидов.
