logo

Автомобил салонының алды тәрепине монитор орнатыўга рухсат берилди

Президент тәрепинен қол қойылған нызамда төмендегилерге рухсат берилди;

✅ Айдаўшылар транспортты басқарыўда қол телефоннан қулақшынлар арқалы ҳәм қолларын ислетпестен сөйлесиў имканиятын беретуғын үскенелер арқалы пайдаланыўы мүмкин.

✅ Айдаўшылар белгиленген тезликти асырып жибергенинде белгиленген тезликтен 5 км қысқартылып жаза қолланылады;

✅ Транспорт салонының алды тәрепине монитор (дисплей) орнатқанлығы ушын жуўапкершилик бийкар етилди.

❗️Айдаўшы жанында паспорты яки ID-картасы болғанында транспортты басқарыў, дизимнен өткергенлиги ҳаққындағы тийисли ҳүжжетлерди, Исеним хатын, қамсызландырыўды жанында алып жүриўи талап етилмейди (Усы тәртип 2022 жылдың 1-мартынан күшке киреди).

✍ KarOne.uz

Соңғы жаңалықлар