logo

Суўдың да сораўы бар

Елимизде аграр тараўында алып барылып атырған реформалар өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Әсиресе, жер ҳәм суў ресурсларынан ақылға уғырас пайдаланыў дәўир талабы болып турған бир пайытта суўды үнемлеў, бул бағдарда жаңа технологияларды қолланыў, суўғарылатуғын жерлерде суўды лимит тийкарында бөлистириў жумыслары алып барылмақта. Деген менен, гүриш шигинсиз болмайды, дегениндей, айырым фермер хожалықлары тәрепинен тәбияттың бийбаҳа инамы есапланған суўды ҳеш қандай талапнама ҳәм ҳүжжетлерсиз өз басымшалық пенен пайдаланыў жағдайларының ушырасып атырғанлығы ашынарлы.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республиксы басқармасы тәрепинен усы жылдың 1-ноябрь ҳалатына өткерилген 2343 қадағалаў илажлары даўамында суў хожалығы мәкемесинде 172, суўдан пайдаланыўшылар бирлеспесинде 51, фермер ҳәм кластер хожалығы 485, пуқаралар ҳәм басқаларда 134, жәми 842 нызамбузылыў жағдайы анықланды.

Инспекция тәрепинен усы жағдайлар бойынша улыўма баҳасы 146 миллион 23 мың сумлық 220 ҳәкимшилик жәрийма, 1 миллиард 330,4 миллион сумлық 416 жәрийма санкциясы қолланылып, 370 жағдай бойынша Жынаят ислери бойынша судларға ҳәм 2 нызам бузылыў жағдайы прокуратура уйымына жиберилди. Буннан басқа, тийисли шөлкемлердиң басшыларына 1582 ескертиў, 229 жазба көрсетпе ҳәм 21 усыныснама жиберилди.

Атап айтқанда, Нөкис районындағы «Муятдийин қайшылы» фермер хожалығы тәрепинен Нөкис районы суўдан пайдаланыўшылар бирлеспесине талапнама берместен өз басымшалық пенен 49700 м3 суўды пайдаланғаны анықланып, бул бойынша 4 миллион 26 мың сумлық жәрийма, Елликқала районындағы «Абдулазиз Зулайхо» фермер хожалығы тәрепинен «Бургутқалъа сув ҳаёти» суўдан пайдаланыўшылар бирлеспеси менен шәртнама дүзбестен, өз басымшалық пенен 260924 м3 суў алғанлығы анықланып, бул бойынша 21 миллион 134 мың сумлық жәрийма санкциясы қолланылған.

Сондай-ақ, Хожели районындағы «Әжинияз қәндекли» фермер хожалығы тәрепинен талапнамасыз, өз басымшалық пенен 121500 м3 суўды пайдаланғаны анықланып, бул жағдай бойынша 9 миллион 841 мың сумлық жәрийма санкциясы, Қоңырат районындағы «Памир таў» фермер хожалығы тәрепинен талапнамасыз, өз басымшалық пенен 3850 м3 суўды пайдаланғаны анықланып, бул жағдай бойынша 311 мың 850 сумлық жәрийма санкциясы қолланылды.

Беруний районындағы «Қыятабат» суўдан пайдаланыўшылар бирлеспеси тәрепинен фермер хожалықлары менен суўдың алды-берди журналы жүргизилмегенлиги анықланып, усы жағдай бойынша бирлеспе баслығына ҳәкимшилик жәрийма қолланылды. Усындай кемшилик Шоманай районындағы «Бирлешик» аўыл пуқаралар жыйынында да ушырасып, пуқаралар жыйынының баслығына ҳәкимшилик жәрийма салынды.

Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм электр басқармасына қараслы Қараөзек районындағы «Мәденият» насос станциясында суўдың алды-берди журналларында тәмийнатшы ҳәм пайдаланыўшылардың қоллары қойылмағанлығы анықланып, усы жағдай бойынша жуўапкер хызметкерге жәрийма қолланылды.

Бул бағдар бойынша турақлы түрде қадағалаў жумыслары алып барылмақта.

Халқымызда «Суўдың да сораўы бар» деп бийкарға айтылмаған. Соңғы жыллары суў тамтырыслығы бақланып атырған бир пайытта бундай жағдайлардың ушырасыўы орынларда қадағалаў илажларын еле де күшейтиўди талап етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар