«UzAutoMotors» жаңаланған Chevrolet Equinox 2021 Өзбекстанда сатыўға шығарылғанын жәриялады.Chevrolet Equinox (2021-жыл модели) баҳасы - LT комплектация ушын 414 000 000 сўм.
Бүгиннен баслап жаңа автомобильлер алдын дүзилген шәртнамалар бойынша өз ийелерине жеткизиледи.
Мағлыўмат ушын: Chevrolet Equinox модели Қазақстанда 337 млн сўм әтирапында сатылып атыр.
Сондай-ақ, жыл басларында Өзбекстанда Chevrolet Equinox автомобильлерин жеткизип бериў тоқтатылған еди.
KRuz.uz
