logo

Өзбекстан районларында блок-постлар орнатылыўы ҳаққындағы хабарлар тастыйықланбады

Социаллық тармақларда Өзбекстан Республикасы Жәмәәт қәўипсизлиги концепциясына көре, районларда блок-постлар орнатылыўы ҳаққындағы жалған хабар тарқалмақта.

Еслетип өтемиз, «Өзбекстан Республикасы жәмәәт қәўипсизлиги концепциясын тастыйықлаў ҳәм оны әмелге асырыў ис-иләжлары ҳаққында»ғы Президент Пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери менен биргеликте 2022-жыл, 1-мартқа шекем тастыйықланған нормаларға тийкар аймақлық бюджет есабынан кеминде бир районлар аралық патруль-пост шөлкемлестирилиўи белгиленген.

Социаллық тармақ белсендилеринен мағлыўматларды қәте жәрияламаўды ҳәм рәсмий мағлыўмат алыў ушын ишки ислер органлары мәлимлеме хызметлерине мүрәжат етиў соралады.

Соңғы жаңалықлар