logo

Еки «Кобальт» қатнасыўында жүз берген ЖТҲ бойынша рәсмий мағлыўмат

Усы жылдың 1-декабрь күни саат 12:40 шамасында, Нөкис районы «Тақыркөл» АПЖ аймағынан өтип турған «4Р-176» «Нөкис қаласы-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолының 21-км.де жол транспорт ҳәдийсеси жүз берди.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жол ҳәрекети қәўиписизлиги Басқармасы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, Қараөзек районы турғыны П.А «Кобальт» маркалы автомобилин батыстан шығыс тәрепке жоқары тезликте басқарып келип, руль басқарыўын жоғалтқан ҳәм қарама-қарсы тәрептен ҳәркетленип киятырған «Кобальт» автомашинасы менен дүгискен.

Нәтийжеде, пуқара П.А. дене жарақатын алып Нөкис районы емлеўханасына жатқарылған.

Екинши «Кобальт» басқарыўшысы ҳәм жолаўшылар жарақат алмаған.

Ҳәзирги ўақытта жоқарыдағы ўақыя бойынша Нөкис районы ИИБ тергеў топары тергеўшиси тәрепинен тергеўге шекемги сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

Дерек: Zaman.uz

Соңғы жаңалықлар