logo

Экономистлер дуньяның ең қымбат қалалар рейтингин атап өтти

Уллы Британияның "Economist Group" компаниясы анализ бөлими есапланған "Worldwide Cost of Living at Economist Intelligence Unit" жәриялаған жаңа рейтингде Израиль пайтахты Тель-Авив биринши рет дуньяның ең қымбат қаласына айланды. Буған дейин Париж усы орынды ийелеп турған.

"Тель-Авив биринши рет рейтингте өткен жылғы бесинши орыннан бул биринши позицияға шықты", –дейиледи "Economist Intelligence Unit" сайтында дағазалаған  баспасөз хабарында.

Қалада өмирдиң қымбатлап кетиўине тийкар, миллий пул бирлиги болған сияқлы курстың АҚШ долларына қарағанда көтерилип кеткени, азық-аўкат өнимлери ҳәм транспорт хызметлери баҳалардың қымбатласыўы себеп болған.

Иранның Тегеран қаласында да  баҳалар кескин көтерилген, нәтийжеде Тегеран қаласы ең қымбат қалалар рейтингинде алдыңғы 79 орыннан 29 орынға шығып алды.

Ең қымбат қалалар рейтингинде Қубла Корея пайтахты Сеул да жоқары тезлик пенен умтылмақта. Ол алдын ең соңғы орынларда жүретин еди, енди ең жоқары 10 лыққа кирген. Сеул бул орынды рейтингдеги ушинши орынды Олимпиада-2020да мийман күткен Токио(Япония) менен тең бөлисип атыр.

Соңғы жаңалықлар