logo

Коммунал тармақларға нызамсыз жалғаныў ҳәм есаплағышқа зыян жеткериўдиң жәрийма муғдары ҳаққында

Нызамшылыққа тийкар, улыўмамиллий пайдаланыўдағы электр, ыссылық, газ тармақларына өзбасымшалық пенен жалғаныў ямаса олардан пайдаланыў қағыйдаларын басқаша тәризде бузыў ямаса электр, ыссылық энергиясы, тәбийий газди есапқа алыў әсбапларына, соның ишинде олардың пломбаларына қастан зыян жеткериў ямаса бундай есапқа алыў әсбапларының көрсеткишлерин өзгертиў мақсетинде оларға сырттан араласыў:

- пуқараларға БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекем  (2 млн 700 мың сўмнан 4 млн 50 мың сўмға шекем);
- лаўазымлы шахсларға БЕМның 20 есесинен 25 есесине шекем (5 млн 400 мың сўмнан 6 млн 750 мың сўмға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Дерек: @huqiqiymalimleme

Соңғы жаңалықлар