logo

Коррупцияны пайда еткенлиги үшын 20 жылға дейин еркинен айырыў усыныс етилмекте


Антикоррупция агентлиги тийисли нызам жойбарын Нызамшылық палатасына киритти. 

Оған көре, Жынаят кодекси жойбарына "коррупцияға тийисли жынаятлар" түсинигине анық тәрийип берилмекте ҳәм 15 түрдеги жынаятлар бул топарға киритилип атыр.

Атап айтқанда, ендигиден былай өзлестириў ҳәм растрата қылыў жолы менен талан-тараж етиў яки жалатайлық жынаятларын ҳәмелинен пайдаланғанлығы үшын 10 жылға дейин еркинен айырыў жазасы киритилмекте. Ҳәзирге дейин бул түрдеги жынаятларға 5 жыл еркинен айырыў жазасы берилген.

Усыныс етилип атырған өзгерислерге көре, енди пара алыў, пара бериў ҳәм пара алыў ҳәм бериўде дәлдәлшилик қылыў жынаятлары үшын 20 жылға дейин еркинен айырыў жазасы белгилениўи мүмкин.

Парахорлық жынаятларын ислеген шахслар жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли азат етилмейди ҳәм жазаның жеңилирек түри менен алмастырылмайды.

Соңғы жаңалықлар