БМШ Жәҳән туризм шөлкеми (UNWTO) Бас ассамблеясы 2023-жылда Самарқанд қаласында өткериледи.Усы мүнәсибет пенен тарыйхый қала 2023-жылы жәҳән туризм пайтахтына айланады.
Бул хаққында Испанияның Мадрид қаласында болып атырған "UNWTO"ның 24-сессиясында атап өтилди деп, "Газета.uz"ға Туризм ҳәм спорт министрлиги баспасөз хызмети хабар берди.
Даўыс бериў жуўмағына көре, Өзбекстан бас министри орынбасары, Туризм ҳәм спорт министри Азиз Абдухакимов сөз сөйледи. "Тарыйыхта биринши рет БМШ қурамына кириўши шөлкемниң Бас ассамблеясы Өзбекстанда болып өтеди"—деди ол.
2023-жылда "UNWTO" Бас ассамблеясын өткериў ушын Өзбекстан ҳәм Португалия даўагер болған. Даўыс бериў процеси жуўмағына көре, Өзбекстан айқын үстемлик қылған.
