Энергетика министирлиги баспасөз хызмети хабар бериўинше, Душанбе қаласында болып өткен "Корея Республикасы–Орайлық Азия бирге ислесиў форумында Өзбекстан Республикасы делегациясы да қатнасты. Конференцияда жасыл экономика ҳәм углерод тең-салмақлығын тәмийнлеў, углеродлы экономикаға өтиў бойынша мәмлекетимизде алып барылып атырған жумыслар усынылды.Презентацияда атап өтилгениндей, ҳәр жылы дунья бойынша атмосфераға 51 млрд тонна CO2 (қазанхана газы) шығарылады ҳәм ықлым өзгериўиниң тийкарғы себеплеринен бири есапланады. Соның ушын ҳәм көп мәмлекетлер жасыл экономикаға өтиў жолында қәдем тасламақта.
Президентимиз Шавкат Мирзиёев басламасы менен жасыл экономикаға өтиў бойынша комплекс стратегия, сондай-ақ, қайта тиклениўши ҳәм водород энергетикасын рауажландырыў режеси әмелге асырылып атыр.
Париж келисимине көре, Өзбекстан 2030-жылға дейин қазанхана гази шығындысы ЖИӨдеги үлеси сыпатында 10 пайыз кемейттириў миннетлемесин алған. Ноябрь айында Глазго қаласында өткерилген конференцияда жуўапкерлер тәрепинен усы миннетлеме 35 пайызға көтерилди. Мақсетке ерисиў үшин мәмлекет басшысы Өзбекстан үшин жасыл энергетиканы рауажландырыў тараўында халықаралық бирге ислесиўдиң тийкарғы жөнелислери—Жасыл энергетиканы рауажландырыў арқалы углерод тең-салмақлығына ерисиў ҳәм кейинги 10 жылда қайта тиклениўши энергия ресурслары үлесин 3 есе асырыўды белгилеп берди.
Республикамызда 2030-жылға барып қайта тиклениўши энергия ресурслары қуатын 12 ГВтқа жеткериў режелестирмекте. Усы улкен мақсетлерди әмелге асырыў үшин Энергетика министирлиги 2019-жылдан берли Халықаралық финанс институтлары жәрдеминде ислеп шығарыў қуатын, атап айтқанда қуяш ҳәм самал электр станцияларын қурыў бойынша тендерлер өткерилип келинбекте.
Сондай-ақ, хүкимет тәрепинен энергия нәтийжелилигин асырыў мәселеси халық ортасында ғалабаластырыўға айырықша итибар қаратылмақта.
