2021-жыл декабрь айында жолаўшыларға жәнеде көбирек қолайлық жаратыў мақсетинде «Ташкент-Қоңырат» жөнелисинде 5604-санлы қосымша поезд қатнаўы жолға қойылады.Ҳәрекетлениў дизими бойынша поезд 7, 10, 14, 17, 21, 24-декабрь күнлери саат 23:20 да Ташкент орайлық темир жол вокзалынан жәми алты мәртебе қатнаўды әмелге асырады.
Бул поезд Самарқанд, Бухара темир жол вокзалларында да тоқтап өтеди. Билетлерди темир жол кассаларынан, сондай-ақ, "Өзбекстан темир жоллары" акционерлик жәмийетиниң
е-ticket.railway.uz сайтынан электрон тәризде алыўыңыз мүмкин.
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети
