
Ҳәзирги ўақытта барлық ўәлаятларда ҳәким жәрдемшилери сайлап алынған болып, олар 2022-жыл 1-январдан баслап мәҳәллелерде жумыс алып барады.
Хабар берилиўине қарағанда, ҳәким жәрдемшилериниң айлық мийнет ҳақы муғдары олар бириктирилген мәҳәлледеги хожалықлар санына қарап белгиленеди:
• Хожалықлар саны 500 ге шекем болған мәҳәлледе - 4 млн 932 мың сўм;
• Хожалықлар саны 501 ден 1000 ға шекем болған мәҳәлледе - 5 млн 343 мың сўм;
• Хожалықлар саны 1 000 ден артық болған мәҳәлледе - 5 млн 754 мың сўм.
Ҳәким жәрдемшилерине төленетуғын орташа айлық мийнет ҳақы муғдары кандидаттың бул лаўазымға жумысқа қабыл етилиўине шекем алдынғы жумыс орны бойынша орташа айлық мийнет ҳақы муғдарынан кем болған жағдайда жетпеген бөлеги Ҳәким жәрдемшилери искерлигин қоллап-қуўатлаў фонды есабынан компенсация ислеп барылады.
