logo

Грегори Лекомте: Өзбекстан Орайлық Азиядағы ең реформашы мәмлекет

Экономикалық шериклик ҳәм рауажланыў шөлкеми (ОЭСР) ўәкиллери ҳәм Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте "Бәсекиге шыдамлылықты тәмийнлеўдиң адалатлы базар шәртлери" жойбарына старт берилди.

ЭШРШ экспертлери тәрепинен Алжир, Хорватия Саудия Арабстаны, Сербия, Қубла Африка мәмлекетлери менен бир қатарда Өзбекстанның товар ҳәм финанс базарларына бәсеки орталығын жәнеде жақсылаў, коррупцияға қарсы гүресиўди жеделлестириў ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын жоқары дәрежели бәсекиге шыдамлы орталық жаратыўға қаратылған кең көлемли ис-илажлар ҳәмде реформалар әмелге асырылып атырғанлығы атап өтилди. Экономикалық шериклик ҳәм рауажланыў шөлкеминиң Орайлық Азия бөлими баслығы Грегори Лекомте өз сөзинде Өзбекстан Орайлық Азиядағы ең реформашы мәмлекет екенлигин айтты.

Оған көре, ЭШРШның кең көлемли жойбарын қолланыў ушын шөлкем ўәкиллери тәрепинен монополия ҳәм коррупцияға қарсы гүресиўди алдыңғы халықаралық тәжирийбеге муўапық әмелге асырылыўын жолға қойыў мақсетинде алты мәмлекет таңлап алынғанлығы мәлим болды.

Усы жойбарды Өзбекстан Республикасында әмелде қолланыў бойынша Өзбекстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети муўапықластырыўшы орган етип белгиленди.

Соңғы жаңалықлар