Өзбекстанда Жол-патруль хызмети хызметкерлерине жаңа үлгидеги алкотестер аппараты тарқатылды. Ҳәзирше республика бойлап 150 сондай үскене ЖПХ хызметкерлерине жеткерилген. Бул ҳаққында Жол ҳәрекети қәўипсизлиги бас басқармасы хабар берди.ЖПХ хызметкери айдаўшы алкоголь ишимлиги тәсиринде деп гүман еткенде «Alcostop 8000С» алкотестер үскенеси жәрдеминде оны тоқтатылған орынның өзинде тексериўден өткереди.
Аппарат актив ҳәм пассив режимлерде ислетиледи. Пассив режимде айдаўшы тоқтатылған ўақытта ЖПХ хызметкери алкотестердиң үплеў тәрепин айдаўшыға жақынластырады. Үскене 5-10 сантиметр аралықта айдаўшының аўызынан шыққан этанол пуўы арқалы оның спиртли ишимлик қабыл еткени ямаса қабыл етпегенлиги мәлим болады.
Егер ол алкоголли ишимлик қабыл еткен болса, алкотестердеги миллиграмм көрсеткиши көтериледи. Кейин айдаўшының мәс ҳалда екени ямаса мәс ҳалда емеслигин анықлаў ушын аппарат актив режимге өткериледи ҳәм оған бир мәртелик үскене орнатылады. Үскенеде камера болып, үплеў процессинде айдаўшының жүз бөлегин сүўретке алады ҳәм чекте сәўлелендиреди.
Белгиленген тәртипке бола, айдаўшының аўызынан шыққан этанол пуўының консентрациясы көрсеткиши 0,135 миллиграмм ҳәм оннан жоқары болған жағдайда мәс ҳалда деп есапланады ҳәм оған Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131-статьясы тәртибинде протокол рәсмийлестириледи.
Еслетип өтемиз, ноябрь айы соңында Нөкисте Жол-патруль хызмети хызметкери бас кийимин шешип, оған үплеўди сорағаны сәўлеленген видео күлкиге себеп болған еди.
Дерек: Makan.uz
