
Белоруссия мәмлекетлик әскерий-санаат комитети баслығы Дмитрий Пантус тараўдағы Қытай ҳәм Россия менен бирге ислесиў республика ушын пайдалы болады, деп есаплайды. Онда усы бирге ислесиў батыс санкциялары тәсирин жумсартады, дейиледи "РИА Новости" хабарында.
"Күшсизлер күшлилерге қарсы санкциялар жәрияланбақта. Бул жағдайда Беларус санкциялар шараятында жумыс алып бара алыўын дуньяға белгили қылыўы керек. Әлбетте, Россия ҳәм Қытай сыяқлы шериклеримиз бар, олар менен шерикликтеги жумыслар арқалы санкциялар тәсирин максимал кемейттиремиз" деди", Пантус "ОНТ" каналы эфиринде.
