Нәшебентлик элементлери ҳәм спиртли ишимликлер бойынша глобал изертлеўлер нәтийжесине муўапық австралиялықлар дуньядағы ең көп спиртли ишимлик ишетуғын халық болып шықты. Баянатта айтылыўынша, Австралия халқы бул зәҳәрли ишимликти басқа мәмлекетлер пуқараларына қарағанда көп пайдаланады екен. Олар бир жылда орташа 27 рет көп ишип мәс болып қалған. Бул дунья бойынша орташа көрсеткиштен (15 рет) дерлик еки есе көп. Көп ишиў бойынша жетекшилер үшлигинен Данья хәм Финляндия орын ийеледи. Изертлеўлер нәтийжесинде және бир факт анықланды. Барлық мәмлекетлерде еркеклер арасында ең үлкен парық италиялықлар, бельгиялықлар ҳәм швецариялықлар арасында дизимге алынды.
Буннан тысқары, австралиялықлар алкоголди ҳәптесине орташа еки рет ямаса бир жылда 106 рет пайдаланады. Бул бойынша екинши ҳәм үшинши орынларды Жаңа Зеландия ҳәм Нидерландия ийеледи.
