Усы жылдың 5-декабрь күни, саат 19:30да Кегейли районы ИИБда хызмет ететуғын М.З. спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалда өзиниң “Cobalt” автомашинасын басқарып, Нөкис қаласы “Тақыятас гүзары” көшеси бойлап өткен А380 “Гузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” авто магистрал жолында жолды кесип өтип баратырған еки пуқараны дүгип кеткен.Нөкис қаласы “Тақыятас гүзары” көшеси, 1 а-үйде жасаған Б.А. ҳәм оның баласы А.И.ны автомашинаның алды тәрепи менен урып, жол транспорт ҳәдийсесин жүзеге келтирген. Нәтийжеде, екеўиде ўақыя орнында қайтыс болған.
Бул жағдай бойынша Нөкис қаласы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
Дерек: Kar24.uz
