logo

Қарақалпақстанда ҳаўа-райы суўытып, жаўын-шашын болыўы күтилмекте

Қарақалпақстан аймағында ҳәпте соңында ҳаўа-райы суўытып, жаўын-шашын болыўы күтилмекте. 

Метеорологлардың айтыўы бойынша, 10-11-декабрь күнлери Қарақалпақстан аймағында ҳаўа-райы күндиз 7-12 градус, түнде 0-5 градус аралығында жыллы болады. Жаўын-шашын болыўы күтилмейди. 

12-13-декабрь күнлери республикамыздың дерлик бәрше аймақларында жаўын-шашын болып, айрым орынларда қарға айланыўы мүмкин. Сондай-ақ, 13-декабрьден баслап Россия аймағынан суўық ҳаўа массалары кирип келеди ҳәм ҳәптениң басында ҳаўа температурасы түнде -8 градусқа шекем түседи. 

Суўық ҳаўа-райы кейинги ҳәпте де сақланып турады. Жаўын-шашын болыўы күтилмейди.

Соңғы жаңалықлар