logo

Жынайый жуўапкершиликке тартыў жасы өзгертирилди

Өзбекстан Президенти “Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў системасы және де раўажландырыў мунәсәбети менен Өзбекстан Республикасының айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамына қол қойды

Киргизилген өзгерислерге көре, 13 жасқа толған шахслардың жынайый жуўапкершиликке тартылыўы бийкар етилди.

Алдын 13 жасқа толған шахслар жуўапкершиликти аўырластыратуғын жағдайларда қасттан адам өлтиргени ушын жынайый жуўапкершиликге тартылған.

Усыған көре, жынайый жуўапкершиликке тартыў 14 жастан басланады.

16 жасқа толмаған шахс пенен жынсый байланыс қылыў, материаллық байлықлар бериў яки мүлклик мәпдар етиў арқалы әмелге асырылғанда аўырластыратуғын жағдай ретинде белгиленди.

Жас өспирим гүўа ямаса жәбирлениўшини сораў қылыў да педагог пенен бир қатарда психолог да қатнасыўы белгиленеди.

Соңғы жаңалықлар