Атап өтилиўинше, ҳәзирги күнлерде хызмет көрсетиўге улыўма байланысы болмаған адамлар тәрепинен де «тонировка» рухсатнамасын ақша орнына (20 мыңнан 200 мыңға шекем) рәсмийлестирип бериў жағдайлары көбеймекте екен.
Сонлықтан «Автотранспорт айналарының түсин өзгертиў» хызмети тек ғана БИМХП (Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы) арқалы көрсетилиўи еслетилип, белгиленген жыйымнан тысқары қосымша пул өндирилмейтуғыны айрықша атап өтилди.
Еслетиўинше, хызметтен пайдаланыўда Электрон санлы имза (ЭСИ) талап етилмейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги
