Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы алдынан Төрткүл районындағы «Аққамиш» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарындағы «Женнет мекан» мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылдыОның ашылыў салтанатында районы ҳәкими Р.Шамуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жумысларын жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли ислерге тоқтап өтти. Илажда сөзге шыққанлар улыўма баҳасы 4 миллиард 260 миллион сум болған мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарындағы 100 орынға мөлшерленген заманагөй мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңа имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Байрам алдынан аўыл балаларының ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылған бул имаратта тәрбияланыўшылар ушын барлық шараят жаратылған. Ең баслысы, өз жумысын баслап атырған бул шөлкем ата-аналар ушын айрықша байрам саўғасы болды.
Мағлыўмат ушын атап өтиў орынлы, бүгинги күни районда 33 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 8 мәмлекетлик-жеке шерикшилик тийкарындағы ҳәм 26 мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып бармақта. Ал, районда 3 жастан 7 жасқа шекемги 17811 бала болып, соннан 12713 бала мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде тәрбияланбақта ҳәм бул көрсеткиш 71,5 процентти қурайды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги


