Социаллық тармақларда 3 ИИМ хызметкери қайтыс болыўына автомобиль жолыныӊ байланысы бар екенлиги ҳаққында сын материал жәрияланды.
Жәрияланған материал бойынша Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы төмендегилерди мәлим етеди.
Аўыр ЖТҲ халықаралық әҳмийетке ийе А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 806-км де жүз берген болып, ўақыя орны ҚР АЖББ мәлимлеме хызмети тәрепинен үйренилди.
Видеода сөз етилген автомобиль жолында қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылған ўақытта тастыйқланған жойбар бойынша талапқа сәйкес түрде қәўипсизлик тосықлары (БДО) орнатылған. Бундай тосықларды Өзбекстан Республикасыныӊ көпшилик аймақларында ушыратыўымыз мүмкин. Бир тәреплеме ҳәрекет етиў басланатуғын орынға буйырыўшы 4.2.1 (тосықты оӊнан шетлеп өтиў) белгиси орнатылған. Жүз берген ЖТҲ нәтийжесинде жол белгисине зыян жеткен ҳәм қосымша метал сым менен ўақтынша беккемлеп қойылған. Сондай-ақ, усы жол беглисине шекемги аралықта қадаған етиўши 3.24 (жоқары тезлик шекленген) жол белгилери «80» 350 м, «60» 250 м, «40» 150 м аралықта өткен жылы жаӊадан орнатылған. Буны видео материалдыӊ өзинде де көриўимиз мүмкин.
Жүз берген ЖТҲдан кейин автомобиль басқарыўшыларыныӊ қәўипсизлигин еле де тәмийнлеў мақсетинде қәўипсизлик тосықлары (БДО) ажыратыўшы тосықларға (бордюр) алмастырылды. Буннан тысқары, ескертиўши мигалка да орнатылды.
Видеоматериалда сөз етилген көшпели ескертиўши жол белгилери жыйнағы тосықлардыӊ 1 күн ишинде алмастырылып атырғанлығы ҳәм қурылыс-оӊлаў жумыслары алып барылыўына байланыслы қойылғанлығы, бунда ҳақыйқаттан да қадаған етиўши 3.24 (жоқары тезлик шекленген) жол белгиси «30» жарамсыз жағдайға келип қалған ҳәм бул өз ўақтында сапластырылды.
Бас басқарма системасындағы мәкеме-кәрханалар тәрепинен ҳәр жылы улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында жол элементлери сақланыўын қадағалаў, ески жол белгилерин жаӊасына алмастырыў жумыслары алып барылады. Быйылғы жылда 8075 жол белгиси алмастырылыўы белгиленип, ҳәзирги ўақытта 5836 жол белгилери жаӊасына алмастырылды.
Жоқары тезликти ҳәрекетленип киятырған автомашиналарды ескертиў ушын қадаған етиўши жол белгилери анық, түнде алыстан көринетуғын етип орнатылған. Буны видео арқалы көриўимиз мүмкин.
Ўақыя орнында автомашиналардыӊ жол белгилерине әмел етиўи видеоға түсирилди. Көпшилик автомашиналар қадаған етиўши 3.24 (жоқары тезлик шекленген) «80, 60, 40» жол белгилерине әмел етпестен жоқары тезликте ҳәрекетти даўам етпекте. Сондай-ақ, бир тәреплеме ҳәрекетти тәмийнлеўши жолдан қарама-қарсы бағытта автомашина ҳәрекет етип киятырғанына гуўа болдық.
Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплекс социаллық-экономикалық раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолыныӊ 673-698-км участкасы қайта қурылыўы белгиленген. Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти қарарлары тийкарында басқышпа-басқыш усы автомобиль жолы қайта қурыў ушын мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилетуғынлығы ҳәм оӊланаў жумыслары алып барылатуғынлығын мәлим етип билдиремиз.
Жолшылар да жолларда транспорт ҳәрекети қатнасыўшыларыныӊ өз мәнзилине саў-саламат жетип барыўыныӊ тәрепдары, тилекке қарсы айырым транспорт басқарыўшыларыныӊ жол белгилерине итибар бермеўи, жол ҳәрекети қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етпеў ақыбетинде аўыр ЖТҲ лери жүз бермекте.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы автомобиль басқарыўшыларынан жолларда жол белгилерине әмел еткен түрде өзлериниӊ ҳәм жақынларыныӊ өмирин қәўип астына қоймаўын, жол ҳәрекети қағыйдаларына әмел етиўин сорап қалады.
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасы мәлимлеме хызмети
