Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Гимни қабылланғаныӊ 29 жыллық сәнеси мүнәсибети менен «Ўатанымныӊ гимнин жырлайман!» сүрени астында республикалық таӊлаў жәрияланған еди.Бүгин Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы ҳәм бирге ислесиўши шөлкемлер тәрепинен Ташкент қаласындағы «Халқлар дўстлиги» майданында өткерилген «Улуғ халқ қудрати жўш урган замон» сүрени менен салтанатлы байрам илажы шеӊберинде бул таӊлаўдыӊ жеӊимпазлары жәрияланды.
Қуўанышлы тәрепи сонда, таӊлаў жуўмағында «Мәмлекетлик гимнди еӊ жақсы атқарған мектеп номинациясында Тахтакөпир районындағы 2-санлы улыўма орта билим бериў мектеби 2-орынды ийелеген болса, «Мәмлекетлик гимнди еӊ жақсы атқарған мийнет жәмәәти» номинациясында Нөкис қаласындағы Темурбеклер мектеби жәмәәти хошаметлеўши сыйлық пенен сыйлықланды.
Еслетип өтемиз, таӊлаў жеӊимпазлары ушын 1-орынға телевизор, 2-орын ноутбук, 3-орын планшет, сондай-ақ, хошаметлеўши орын ийелери естелик саўғалары менен тапсырылады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги

