logo

​Шоманайда және бир көше асфальтланып атыр

Шоманай районы аймағында мәмлекетлик бағдарламалар шеӊберинде ишки хожалық жолларын оӊлаў бойынша Шоманай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен салмақлы жумыслар алып барылды. 

Мәкан ҳәм аўыл пуқаралар жыйынлары халқыныӊ турмысын жақсылаўда аймақ ишки хожалық жолларын оӊлаўдыӊ әҳмийети айрықша. Бул бағдарда «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары шеӊберинде айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды.

Бүгинги күнде Жаӊа базар мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы Әмир Темур көшесине жаӊадан асфальт төселип атыр. Буннан алдын усы автомобиль жолыныӊ 0-0,5 км аралығында асфальт төселген еди. 

Қарақалпақ Автожол


Соңғы жаңалықлар