"Мәмлекетлик хызметкерлердиң әдеп-икрамлылық кодексин тастыйықлаў ҳаққында"ғы Олий Мажлис палаталарының қарары жойбары жәрияланды. Әдеп-икрамлылық кодекси жойбары 6 бап ҳәм 53 статьядан ибәрат болып, мәмлекетлик хызметкерлердиң мәмлекет органы ҳәм шөлкемине жуклетилген ўазыйпа ҳәм функцияларды әмелге асырыўда әмел етилиўи лазым болған талапларды өз ишине алған.Олар төмендегише тийкарғы жөнелислерди белгилейди:
мәмлекет хызметкерлериниң әдеп-икрамлылық қағыйдаларының қолланыў тараўы, тийкарғы принциплери, мәмлекет хызметиниң түсиниги ҳәм турлери мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм олардың өмирлик жолдасы ҳәм ер жетпеген перзентлериниң дәраматы ҳәм мал-мүлкин декларация қылыў, өз-ара мәплер кесилисиўи, хабар бериў миннетлемелери.
Кодексте биринши рет мәмлекет хызметкерине төмендегише тәрийип берилмекте — турақлы, уақтынша яки арнаўлы уәкиллик бойынша тайынланатуғын яки сайланатуғын, ҳәкимият ўәкили ўазыйпаларын әмелге асыратуғын ямаса мәмлекетлик шөлкемде (мәмлекет қатнасыўындағы шөлкем кирмейди) шөлкемлестириў-басқарыў, хожалық-басқарыў ўазыйпаларын әмелге асыратуғын ҳәм юридикалық әҳмийетке ийе ҳәрекетлерди әмелге асырыўға ўәкиллик берилген шахс ҳәм мийнет шартнама (контракт) тийкарында искерлигин әмелге асырыўшы басқарыў хызметкери.
