logo

АҚШ демократия ушын $400 миллионнан зыятырақ ақша ажыратты

АҚШ президенти Жо Байден Вашингтон басқа мәмлекетлерде демократия орнатыўы ушын 400 миллион АҚШ долларынан көбирек ақша ажыратыўын мәлим қылды.

Баянат Вашингтон өткеретуғын “Демократия саммити” шеңберинде болып өтти. Ақ үй Байден мәлим қылған ақша Америка бюджетине шама менен 424 миллион АҚШ долларға түсиўин хабар қылған.

Жойбардың мақсети мәмлекетлерде ҳүкимет “ашықлығы ҳәм есаплаўды тәмийинлеў” ҳәм сайлаў инстутын асыраўдан ибәрат. “Демократия саммити” усы жылдың 9–10-декабр күнлери видеоконференция режиминде болып өтти, онда 110 мәмлекет қатнасты.

Соңғы жаңалықлар