Кеше, 12 декабрь күни Ташкенттиң Чилонзор районында 8 транспорт қуралы қатнасыўында жол-транспорт ҳәдийсеси жүз берди. Бул ҳаққында пайтахт ИИББ Баспасөз хызмети хабар берди.ЖТҲ шама менен саат 15:00 де Чилонзор районы Дўмбиробод кесиспесинде жүз берген. 70-сан жөнелис бойынша ҳәрекетлениўши Isuzu маркалы автобус айдаўшысы басқарыўды жоғалтқан. Әқыбетинде Labo, Spark, Nexia-3, еки Matiz, Lacetti ҳәм Nexia-2 автомобиллери тоқнасқан.
Тоқнасыў Әқыбетинде автобус жолаўшысы ҳәм Labo айдаўшысы дене жарақатын алған. Оларға медициналық жәрдем көрсетилди.
Усы факт бойынша Ташкент қаласы ИИББ хызметкерлери тәрепинен тергеў жумысыларын өткермекте.



