logo

Ташкентте автобус ҳәм метрода жол хақы баҳасы көтерилмекте

2022 жылдың 1 январынан Ташкентте автобус ҳәм метрополитенде жол ҳақы баҳасы көтерилмекте. Бул ҳаққында Ташкент қаласы ҳәкиминиң “Жаңа тарифлер әмелде қылыныўы ҳаққында”ғы қарары жойбарында көзде тутылған.

Қарарға көре, 1 январдан Ташкент қаласы аймағында қала жолаўшылар транспорты - автобус ҳәм метрополитенде қатнаўлар әмелге асырыў ущын шекленген тарифлер:

а) бир жолаўшы ушын – 1 700 (бир мың жети жүз) сўм;

б) бир жолаўшының жүгин тасыў бойынша хызмет ушын - 3 000 (үш мың) сўм етип белгиленеди.

Қарарда келтирилиўинше, жол ҳақы жыйналыўында ашықлықтың тәмийнлениўи қала жәмийет транспортында нақ пул арқалы төлеўлерди әмелге асырыўшы жолаўшылар саны кемейиўи есесине транспорт карталарынан пайдаланыўшылардың саны ҳәм олардан түсетуғын ақшалардың кескин осиўине, олар тәрепинен шекленген тарифлер тийкарында көрилетуғын зыянлар муғдарының кемейиўине алып келеди.

2022 жылда жаңа тарифлердиң әмел етилиўи нәтийжесинде, дәстлепки есап-китапларға қарай, “Тошшаҳартрансхизмат” АЖ системасындағы автобус сарайлары ҳәмде “Тошкент метрополитени” УКның күтилип атырған улыўма зыяны муғдары кемейиўи есесине қала жергиликли бюджетинде 128-130 млрд сўм муғдарында пуллар тежелиўи күтилмекте.

Соңғы жаңалықлар