logo

Қәлбеки алкоголь өнимлеринен абайлы болың

Хожели районында қәлбеки акциз маркалы алкоголь өнимлерин сатыўға шек қойылды.

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Хожели районлық бөлими тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын қорғаў бойынша өткерилген оператив илажда пуқаралар Е.А. ҳәм Н.Н. «Қараөзек дийқан базары» жуўапкершилиги шекленген жәмийети алдында пуқара Б.ға 174 дана қәлбеки акциз маркалар менен желимленген «Қаратаў» алкоголь өнимин 3,6 миллион сумға сатқан ўақтында усланды. Олардың автотранспорт қуралынан жәми 275 дана алкоголь өними айғақлы зат ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли сатаьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар