logo

Виртуал жалатайлық қылған шахс анықланды. Бул ҳаққында Бухара ўәлаяты Ишки ислер басқармасы баспасөз хызмети мәлим етти

Анықланыўынша, усы жылдың 19-октябрьдеги белгисиз шахс Жондор районы Ромиш мәҳәллесинде жасаўшы, 1963-жылда туўылған пуқара С.Н.ның уялы телефонына орнатылған "Click" аккаунты арқалы пластик картасынан 23 млн 720 мың сум пулларын шешип алғанлығы баян етилген.
Усы жағдай бойынша белгисиз шахсқа қарата Өзбекстан Республикасы Ж.К.ның 168-статья 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылған, алып барылған тез-техник ҳәм тергеў ҳәрекетлери даўамында усы жынаятты Жиззах ўәлаяты Пахтакор районы Бунёдкор көшесинде жасаўшы, 2002-жылда туўылған пуқара А.А. ислегенлиги анықланған.

Ҳәзирде усы шахстың тап бул түрдеги жүз берген анықланбастан қалып атырған жынаятларға байланыслылығын анықлаў жүзесинен дәстлепки тергеў ҳәрекетлери даўам етпекте.

Соңғы жаңалықлар