Бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийнлеў системасын жәнеде жетилистириў мүнәсибети менен айрым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў хаққында"ғы нызам қабыл етилди. Онда шахстың 16 жасқа толмағанлығы айыпкерге аян болған жағдайда ол менен жынсый байланыс қылыў яки жынсый мүтәжликти ғәйритәбийий усылда қандырыў ҳәм оған зорлық ислетпей уятсыз-бузық ҳәрекетлер ислегени ушын жуўапкершилик илажлары күшейтирилди.ЖКның 128-статьясы 1-бөлимине муўапық шахстың 16 жасқа толмағанлығы айыпкерге аян болған жағдайда ол менен жынсый байланыс қылыў яки жынсый мүтәжликти ғәйритәбийий усылда қандырыў: 480 саатқа дейин (алдын — 360 саатқа дейин еди) мәжбурий жәмийет ислери; яки 3 жылға дейин (алдын — 2 жылға дейин мийнет пенен дүзетиў ислери; яки 1 жылдан 3 жылға дейин еркинен айырыў менен жазаланады.
Сондай-ақ, ЖКның 128-статьясы 2-бөлим менен толтырылды, онда усы ҳәрекетлер материаллық қымбат затлар бериў яки мүлклик мәпдар етиў арқалы жүз берген болса: 3 жылдан 5 жылға дейин еркинен шеклеў; яки 3 жылдан 5 жылға дейин еркинен айырыў менен жазаланады.
ЖКның 128-статьясы 1,2-бөлимлеринде нәзерде тутылған ҳәрекетлер: қайталдан яки қәўипли рецидивист тәрепинен; ЖКның 118 яки 119-статьясында нәзерде тутылған жынаятларды ислеген шахс тәрепинен жүз берген болса, 5 жылдан 7 жылға дейин (алдын —3 жылдан 5 жылға дейин) еркинен айырыў жазасы менен жазаланады.
