logo

Мийнет стажына және 3 жыл қосылып атыр


Олий Мажлис Нызамшылық палатасында "Пуқаралардың мәмлекет пенсия тәмийнаты хаққында"ғы Өзбекстан Республикасы нызамына ҳәм Өзбекстан Республикасының Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша талқылаўлар болып өтпекте.

Әмелдеги нызамшылыққа муўапық бағыўшысын жоғалтқанлығы  пенсиясы қарамағындағы шахсларға олар 16 жасқа толғанға шекем, оқыўшы болса 18 жасқа шекем төленеди. Пуқара 18 жасқа толғанда, көбинесе ЖООға оқыўға киреди. Соннан белгили ол оқыў менен бәнт болған дәўирде тәмийнатсыз қалып кетеди.

Ендиги өзгерислерге көре бағыўшысын жоғалтқанлығы пенсиясы төлемлери марҳумның қарамағындағы перзентлерине, олар 18 жасқа дейин, яғный және 2 жылға узайтырылып атыр. Егер улыўмалық орта билимлендириў мәкемеси, академиялық лицей ҳәм ЖООда оқып атырған болса, 23 жасқа шыққанға дейин, яғный 5 жылға узайттырылған жағдайда бағыўшысын жоғалтқанлығы пенсиясын төлеў усыныс етилмекте.

Бул болса, жетим балалардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин әмелге асырыў, социаллық қорғаныўын күшейтиў, оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуатлаў механизмларын жәнеде жетилистириў есапланады.

Сондай-ақ балалығынан нәгиранлығы болған балаларға әмелде 16 жасқа шекемги дәўирди жумыс стажына қосып есапланып атырған болса, бул мүддет те 2 жылға узайтырылып 18 жасқа шекем өзгертирилмекте.

Және бир мәселе, ҳәзирги нызамшылыққа тийкарланып, баланы бағыў дем алыслары дәуиринде ҳаялдың жумыс орны (лаўазымы) сақланған жағдайда бул дем алыслар мийнет стажына, бирақ ҳәммесин жыйнағанда, көби менен 3 жыл жумыс стажына да қосылады. Бул болса, көп жағдайда ҳаялларды бала бағыў дәўиринде баланы ҳәр тәреплеме саламат етип өсириў орнына жумысқа шығыўға да мәжбүр болмақта.

Соңғы жаңалықлар