logo

Жыл ақырына шекем халыққа қосымша 100 мың тонна көмир жеткерип бериледи

Миллий баспасөз орайында «Өзбеккөмир» АЖ: 2021-жылдың ақырында күтилип атырған нәтийжелер ҳәм республикамыз халқын жергиликли көмир менен тәмийинлеў имканиятлары» атамасында конференция болып өтти.

«Өзбеккөмир» АЖ бас директорының орынбасары Эркин Ёқубовтың мағлыўмат бериўинше, жәмийет тәрепинен усы жылы қарамағындағы кәнлерден 4,45 миллион тонна көмир қазып алыў, тутыныўшыларға 4,8 миллион тонна көмир жеткерип бериў режелестирилген. Соның ишинде, бул көрсеткиш ыссылық станцияларына 3,3 миллион тонна, халыққа 985 мың тонна, социаллық тараў шөлкемлерине 450 мың тонна, экономиканың реал секторына 1 миллион тоннаны қурайды.

– 2021-жылдың 13-декабрь жағдайына бола, көмир қазып алыў көлеми 4,56 миллион тоннадан артты, – деди ол. – Бул бағдардағы жыллық реже артығы менен орынланды. Өсиў пәти өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 128 процентти қурамақта. Жәмийетте өткен жыл даўамында 3,9 миллион тонна көмир қазып алынған еди. Бүгинги күнде республика тутыныўшыларына 5 миллион 131 мың тонна көмир жеткерип берилген. Социаллық тараў объектлерине белгиленген 450 мың тонна көмирди жеткерип бериў 2021-жыл 1-октябрьге шекем болып, «Өзбеккөмир» АЖ ҳәм «Көмир тәмийнат» ЖШЖ тәрепинен бул ўазыйпаға май айынан кирисилди ҳәм жыллық реже 15-август күни орынланды.

Атап өтилгениндей, орынларда көмир жанылғысы тарқатылатуғын «Көмир тәмийнат» жуўапкершилиги шекленген жәмийет қурамындағы 102 аймақлық көмир қоймаханалары ҳәм саўда шақапшалары мәўсимге ҳәр тәреплеме таяр болған.

– Атап айтқанда, қоймаханаларда жүклеў жумысларын жедел әмелге асырыў мақсетинде олар қосымша 61 жүклеўши, 56 арнаўлы жүк тасыўшы транспорт қуралы, 89 тәрези менен тәмийинленгени жумысты үлгили шөлкемлестириўде әҳмийетли фактор болмақта, – деди «Көмир тәмийнат» ЖШЖның бөлим баслығы Бахтиёр Узоқов.

– Бүгинги күнде ўәлаятлардың ҳәкимликлеринен жәми 179,1 мың тонна қосымша көмир жеткерип бериў бойынша мүрәжатлар келип түскен. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Хорезм ўәлаяты тәрепинен импорт есабынан жеткерип берилиўи режелестирилген көмирдиң орнына 10 мың тоннадан жергиликли көмир ажыратып бериў бойынша мүрәжат етилген. Халық тутыныўшылары ушын күнлик көмирдиң муғдары орташа 4.5 мың тоннаны қурамақта. Қоймаханаларымызда 13-декабрь жағдайы бойынша 49 204 тонна көмир резерви бар.

Илажда 2021-жылдың жуўмағы бойынша күтилип атырған көрсеткишлерге де тоқтап өтилди. Оған бола, тутыныўшыларға 5 300 мың тонна көмир жеткерип бериледи. Бул өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда өсиў пәти 130 процентти қурайды. Халыққа усы жылы 31-декабрьге шекем қосымша 100 мың тонна, экономиканың реал секторына қосымша 30 мың тонна көмир жеткерип бериў нәзерде тутылған.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,
ӨзАның хабаршысы

Қаракалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар