logo

60,5 миллион сумлық күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақ иркилди


Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими, МҚХ Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында республикамыз аймағына күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақлардың алып кирилиўиниң алды алынды.

Атап айтқанда, Төрткүл районы «Мискин» жол патруль хызмети постында өткерилген илаж даўамында пуқара Э.Ш. басқарыўындағы Ташкент-Төрткүл жөнелисинде ҳәрекетленип пкиятырған «Кобалт» маркалы автомашина тоқтатылып, қалыс гүўалар қатнасында оның жүкханасы тексерилди. Нәтийжеде автомашинада қара целлофан пакетке салынып скочланған, қызыл-ақ реңдеги коробка ишинде 209 дана «Тропикамид» 1,0 % жазыўлы ҳәм 165 капсула «Регапен» жазыўлы сапасы кепилленбеген күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақлар барлығы анықланды.

Илаж даўамында пуқара Э.Ш. аманат ретинде бул дәри-дәрмақларды Төрткүл районында жасаўшы пуқара Н.С.ға алып киятырғаны мәлим болды. Оннан баҳасы жәми 60,5 миллион сумлық күшли тәсир етиўши дәри-дәрмақ айғақлы дәлил сыпатында ўақтынша сақлаўға алынды.
Атап өтиў керек, «тропикамид» дәри-дәрмағы ҳәм «регапен» қурамындағы затлар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 27-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасында күшли тәсир етиўши затлар айланысын тәртипке салыў ҳаққында»ғы қарарының қосымшасына киргизилген болып, бул күшли тәсир етиўши затларды пайдаланыў инсан организми ушын қәўипли ақыбетлерди келтирип шығарыўы мүмкин.

Бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Соңғы жаңалықлар