logo

Исбилерменлерге валюта алмастырыў хызметлерин көрсетиўге рухсат бериледи

Президент "Бәсеки орталығына унамсыз тәсир көрсететуғын  тосықларды сапластырыў ҳәм исбилерменлик искерлиги жөнелислерин жәнеде кеңейтириу ис-илажлары хаққында"ғы қарары жойбары жарияланды.

Шет ел мәмлекетлери тәжирийбесинен келип шығып, рәсмий болмаған валюта операцияларының пайда болыўының алдын алыў, сондай-ақ, ҳызметлерди үзликсиз тәризде (24/7 режимда) көрсетиў имканиятын жаратыў мақсетинде жеке исбилерменлерге валюта алмастырыў ҳызметлерин көрсетиўге рухсат бериў режелестирмекте.

Сондай-ақ, финанслық хызметлер көрсетиў менен шығылланатуғын  исбилерменлик субъектлерине кредит аўқамы хызметлер базарына кириў имканиятларын жаратыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, тең бәсеки шараятын жаратыў мақсетинде жеке медицина мәкемелерине айдаушыларды ҳәм айдаушылыққа кондидатларды медициналық көриктен өткизиў менен шуғылланыўға рухсат бериледи.

Қатты хожалық шығындыларды жыйнаў, тасыў ҳәм утилизациялаў ҳәм қайта ислеў ҳызмети тараўында жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары қурамындағы мәмлекет унитар кәрханалары жеке секторға өткизиледи. Бунда, қатты ҳожалық шығындыларды жыйнаў ҳызметин басқышпа-басқыш жәҳән тәжирийбеси тийкарында шығынды қурамынан келип шығып өз алдына жыйнаў көзде тутылған.

Хожалық шығындыларды тасыў ҳәм қайта ислеў ҳызметлерине жеке секторды мәмлекет-жеке шериклик системасы тийкарында шақырыў да нәзерде тутылған.

Соңғы жаңалықлар