logo

Социаяллық тармақларда тарқалған видео бойынша рәсмий мағлыўмат

Усы жылдың 16-декабрь куни саат 17:00 лер әтирапында Шымбай ройонында жайласқан автомашиналар жуўыў шақапшасында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы отряды биринши көшпели топары Жол патруль хызмети инспекторы қатардағы Атаўбаев Аманбай Жалғасбаев өзиниң басқарыўындағы мәмлекетлик белгиси 95 776 VSF болған хызметлик автомашинасын жуўдырыў мақсетинде автомашиналар жуўыў шақапшасына барған.

Инспектор менен сол жерде турған өзиниң танысы болған пуқара арасында келиспеўшилик келип шыққан. Бул ўақыяны ушинши шахс тәрептен видео жазыўға алынып социаяллық тармақларға тарқатып жиберилген. Ҳәзирги ўақытта хызметкердиң ис ҳәрекетлери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен хызмет тексериўи тайынланған.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ ЖҲҚБ баспа сөз хызмети.

Соңғы жаңалықлар