logo

Жаңа жылда избе-из 5 күн дем алыс болатуғыны рәсмий тастыйықланды

Президент пәрманы менен 2022-жылы қосымша дем алыс күнлери белгиленгени ҳаққында хабар берилген еди.

Пәрманға бола:

31-декабрь – ҳәмме ушын қосымша дем алыс күни;
1-январь күни – Жаңа жыл мүнәсибети менен дем алыс күни;
2-январь күни – екшемби;
3-январь күни – ҳәмме ушын қосымша дем алыс күни;
4-январь күни – алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын қосымша дем алыс күни, бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын 8-январь (шемби) күнинен көширилген дем алыс күни болады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Соңғы жаңалықлар