Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў системасында бүгинги күнге шекем 15 жаңа медицина бирлеспеси қурылды ҳәм тағы 10 бирлеспе өз искерлигин кеңейтирди. Бул ҳаққында Министрлер кеңеси баслығы Қаҳарман Сариев тәрепинен хабар беринди. Әйне ўақытта Нөкис қаласында Шайық Халифа бин Зоид Ал Наҳаён фонды тәрепинен улыўма баҳасы 28 млн. АҚШ долларына тең 150 орынға мөлшерленген Ҳаяллар ҳәм балалар емлеўханасын қурыў басланған.Бул қурылыс жумыслары жуўмақланғанан кейин емлеўхана орнатылған тәртипте қалыс түрде Денсаўлықты сақлаў министрлиги ықтыярына бериледи.
Дерек: Kar24.uz
